Аўыл хожалығы жумыслары

Райондағы «Ак. С. Камалов» АПЖ да быйлғы жылда 42 фермер хожалығы мәмлекетке пахта, бийдай палыз өнимлерин жетистириў ушын шәрнама дүзип, бүгинги күнде усы майданлардағы егинлердиң тәрбия ислерин алып бармақта.
Аймақтағы «Шақап» фермер хожалығы быйылғы жылда 22 га майданға тухымлық пахта, 13 га бийдай, 1,5 га кортошка, 7 га жоңышқа егип, бул майданлардан күтилгендегидей нәл алып, агротехникалық тәрбия ислерин алып бармақта.
Сондай-ақ усы аймақтағы «Зәбердес» фермер хожалығы ағзаларыда, 20 га майдандағы ғаўашаларға биринши культевация жумысларын жүргизип, ғаўашалардың өсип раўажланыўы ушын азотлы, фосфорлы ҳәм калийли төгинлер араласпасын берип, азықландырыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында алып бармақта