Қараөзек районы прокуратурасы, районлық мәмлекетлик салық инспекциясы менен биргеликте райондағы қәлипли нан өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың жумыслары үйренилди.
Бүгинги күнде районда 9 жеке қәлипли нан өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилерменлер болып, олар биржа ойынлары арқалы 27 тонна ун өнимлерин утып алып, район аймағына алып келди ҳәм бүгинги күнде нан өнимлерин ислеп шығарып, халқымыздың талабын қанаатландырмақта.