Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап- қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин асырыў бөлими тәрепинен бүгинги “Пияда жүриў күни” нде районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери арасында 5000 қәдем шөлкемлестирилди.
Оларға физикалық белсендиликтиң әҳмийети ҳаққында түсиник берилип, азанғы дене шынығыўлары исленди.
Атап айтқанда, ҳәр бир адам ҳәр күни 10 минут пияда жүрсе қан басымы нормада болады.
-15 минут пияда жүрсе семизликтиң алдын алған боламыз.
-30 минут пияда жүрилсе, кеўил кейпиятымыз көтериледи.
-45 минут пияда жүрилсе, ҳәр қыйлы аязлаўдан аўлақ боламыз.
-60 минут пияда жүрилсе, жүрек кеселликлериниң алдын алған боламыз.
Ҳүрметли пуқаралар!
Жоқарыдағы әмеллерди ҳәр күни ислеўди әдетке айландырсаңыз, ден-саўлығыңыздың саламат болыўына үлес қосқан боласыз.