Район ҳәкими дийхан базардың жумыслары менен танысты.

Район ҳәкими У. Утамбетов азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде, “Қараөзек дийхан базары”нда болып, ун, картошка, пияз, азық-аўқат майы, гөш ҳәм басқада күнделикли турмыста бирлемши қолланылатуғын өнимлердиң баҳалары менен танысты.

Баҳалардың турақлылығын сақлаў, олардың тийкарсыз артып кетиўиниң алдын алыў бойынша жуўапкер хызметкерлерге тапсырмалар берилип, ҳәпте даўамында әмелге асырылыўы лазым болған жумыслардың режеси белгиленип алынды.