Мәдениятта ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен 21 пуқара жумыс пенен бәнт болды.

Қараөзек районы аймағында бүгинги күнде, 13 өзин-өзи басқарыў уйымлары бар болып, онда 13 мәҳәллеге тайынланған ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй кирип шығыў арқалы, халықтың машқалаларын үйрениў жумыслары алып барылды.

Усы тийкарда аўыл жасларының бәнтлигин тәмийинлеў оларға турақлы жумыс орнын жаратыў мақсетинде, “Мәденият” АПЖ ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен 8 ҳаял-қызға тигиў машинасы, 7 жасқа мотоцикл, 1 пуқараға пал ҳәррешилик, 2 пуқараға ыссыхана, 3 пуқараға шараўашылық бойынша жеңиллетилген кредитлер алыўына жәрдем берилип, бүгинги күнде бул пуқаралар өз жөнелислери бойынша жумысларын баслады.

Усындай кредит алып жумыс баслаған жас исбилермен, Тохтамурат Жақсымуратов өз үйи қапталынан 1,5 сотых майданға ыссыхана қурып, оннан помидор, қыяр өнимлерин жетистирип, усы жылдың март айынан баслап халыққа арзан баҳада сатып шаңарағына дәрамат киргизип баслады.

Ҳәзирде ыссыханамызда өнимлеримиз мол, еледе халқымызды базарымызды арзан помидор, қыяр өнимлери менен тәмийинлеп киятырмыз-дийди биз бенен сәўбетте Т. Жақсымуратов.