Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси ҚАРАРЫ 2020-жыл 29-декабрь 27/93-санлы Қараөзек районының 2021-жылғы жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекиниң 28-статьясына муўапық, Қараөзек районы бюджети қәрежетлерин тастыйықлаў, бюджет дәрежелери ортасында қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси

ҚАРАР ЕТЕДИ:

        1. Қараөзек районы бюджети дәраматларының 2021-жылдағы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

        2. Қараөзек районырайонбюджетинен 2021-жылғы жергиликли бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қәрежетлердиң улыўма шекленген муғдарлары 2-қосымшаға муўапық;

        3. Улыўма мәмлекетлик салықларды район жергиликли бюджетине ажыратпалар нормативлери 3-қосымшаға муўапық;

        4. 2021-жыл ушын район жергиликли бюджетиниң дәраматлары
ҳәм қәрежетлериниң шекленген муғдарлары 4-қосымшаға муўапық;

        5. Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетинен район жергиликли бюджетине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарлары 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.    

        Бунда, тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарларын район жергиликли бюджетлери дәраматлар прогнозы орынланыўы
ҳәм қәрежетлер орынланыўына қарамастан кемейттириўге жол қойылмайтуғынлығы Нызамда белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

        6. 2021-жыл Қараөзек районы бюджети сақлаўлы қоры муғдары
6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

        Район бюджетлериниң сақлаўлы қорлары 2021-жылда тийисли бюджетлер улыўма қәрежетлериниң 1,5 пайызынан кем болмаған муғдарларда қәлиплестирилиўи ҳәмде сақлаўлы қорлары қәрежетлери кешиктирип болмайтуғын ҳәмде бюджет дизими бюджетлери қәлиплестирилиўинде алдыннан нәзерде тутып болмайтуғынқәрежетлер, сондай-ақ, социаллық-экономикалық турақсызлық жүзеге келген жағдайларда әмелге асырылыўы зәрүр болған ис-иләжларды қаржыландырыў ушын ажыратылыўы Нызамда белгилеп қойылғанлығы итибарға алынсын.

        7. Қараөзек районы район бюджетиниң 2021-жыл ушын жол қойылатуғын ең кем айланба қәрежетлери муғдары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

        8. Нызамның 13-статьясына муўапық айрым салықлар ҳәм төлеў ставкалары белгиленгенлиги мағлыўмат ҳәм әмелде қолланыў ушын қабыл етилсин.

        9. Нызамға тийкар 2021-жылда бюджет дәраматлары дизиминде төмендегише тәртип орнатылады:

        а) Төмендеги салық түрлери толығы менен район бюджетине өткерилиўи белгиленсин, соннан

физикалық тәреплерден алынатуғын мал-мүлк салығы;

физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы;

физикалық тәреплердиң мүлклерин ижараға бериўден алынатуғын жыллық дәраматлары бойынша декларацияға тийкар ҳәмде жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленетуғын дәрамат салығы;

суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық, электр станциялар тәрепинен төленетуғын салықтан тысқары;

айырым рудалық емес қурылыс материаллары бойынша жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық, цемент ҳәм ҳәктен тысқары;

айланба қаржылардан алынатуғын салық;

бензин, дизель жанылғысы ҳәм газ сатыўдан акциз салығы;

юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы;

б)Төмендеги салық түрлерирайон бюджети арасында бөлистириледи:

физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы;

юридикалық тәреплерден алынатугын мал-мүлк салығы;

в) Төмендеги салық түрлери ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер район бюджетине толығы менен өткериледи.

-электр станциялары тәрепинен төленетуғын суўресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық;

-нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда мәмлекетлик бажылары (патент, бажы ҳәм лицензия бергени ушын мәмлекетлик бажылардан тысқары);

-нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетине өндирилетуғын административлик жәриймалар;

-айырым товарларды усақлап сатыўҳуқықын бериў ушын жыйым;

-нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетлерине өндирилетуғын басқа жыйымлар (бажыхана жыйымларынан тысқары);

сатып алынғанлық ушын ишки ислер органларында дизимнен өткериўўақтында автотранспорт ийелери (пайдаланыўшылары) тәрепинен төленетуғын жыйым;

нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекет дәраматына өткизилетуғын мал-мүлк, жергиликли ҳәкимиятлар активлери бойынша мәмлекетлик унитар кәрханаларының сап пайдасынан ажыратпалар
ҳәм дивидендлер;

нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда мәмлекетлик активлерин ижараға бериўҳәм меншиклестириўден түсетуғын дәраматлар.

Төмендеги тәртиплер мағлыўмат ушын қабыл етилсин ҳәмде бул ҳаққында район ҳәкимине турақлы түрде мағлыўмат киритилиўи тәмийинленсин:

        10. Жергиликли бюджетлердиңқәрежетлер дизимине төмендеги өзгерислер киритилди ҳәмде қаржыландырыў тәртиби төмендегише белгиленди:

а) район бюджетлеринен қаржыландырылатуғын улыўма билим бериў мектеплери ҳәмде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң биринши ҳәм екинши топар қәрежетлери Өзбекстан Республикасы республика бюджетинен, 4-топар қәрежетлери тийислилигинше район бюджетинен қаржыландырылатуғынлығы;

б) район бюджетинен:

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары арқалы тайынланатуғын социаллық напақаларын;

мәмлекетлик санитария-эпидемиология бақлаў қала ҳәм районлық орайларын сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

11.Район ҳәкимлиги ҳәр шерек жуўмақлары бойынша усы қарардың
5-қосымшасында дәрамат прогноз көрсеткишлерин ҳәкимликлердиң жумыс ис-хәрекетлерине байланыслы болмаған ҳалда 5 пайыздан артық муғдарда орынланбаса ҳәм финанс жылының ақырына шекем усы қаржылардың түсиўи итималлығы болмаса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине қәрежетлерди оптималластырыўбойынша усыныслар менен бирге киритилген мүрәжатларына тийкар тәртипке салыўшы бюджетлерара трансфертлер муғдарын асырыў ямаса қәрежетлерин оптималластырыў усынысларын киритетуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

12.Район ҳәкимлигиниң басламасы менен әмелге асырылатуғын
ис-илажлар ушын талап етилетуғын қаржылар тийислилиги бойынша сол жергиликли бюджетлердиң орынланыўы даўамында қәлиплескен қосымша дереклер есабынан әмелге асырылыўы қатаң белгилеп қойылсын.

13.Район бюджетинде қәлиплескен қосымша дереклерден пайдаланыў ҳаққында қарарлар тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде қала ҳәм районлар Халық депутатлары Кеңеслери
тәрепинен, район ҳәкимлиги усынысларына тийкарланып, биринши гезекте социаллық тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жөнелттириў мақсетинде қабыл қылынады.

14.Район ҳәкимлиги тийисли бюджетлерди биринши нәўбетте
ис-ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, азық-аўқат, дәри-дәрмақ
ҳәм коммунал хызметлер қәрежетлериниң режелестирилиўин нәзерде тутқан ҳалда қәлиплестирсин.

Бунда, көрсетип өтилген қәрежет түрлерине дурыс қаржы ажыратылғанлығы ҳәм бөлистирилгенлигине қаржы бөлистириўшилердиң жуўапкершилиги асырылсын.

15.Әшкаралықты тәмийинлеў мақсетинде жергиликли бюджеттен қаржы менен тәмийинленетуғын бюджет мәкемелерҳәр шерек жуўмағы менен кейинги шерек биринши айының 25-сәнесине шекем (зәрүр жағдайларда министрликлер тәрепинен мүддет қысқартылыўы мүмкин) рәсмий веб-сайтларына өз қурамындағы бюджет мәкемелер кесиминде қаржылар бөлистирилиўин, финанслық есабатларын, капитал қойылмалары есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўын, өткерилген таңлаў (тендер) ҳәм мәмлекетлик саўдалары ҳәмде басқада тийисли мағлыўматларды жайластырып барылыўы бойынша мәжбүриятлар жүклетилгенлиги көрсетилип өтилсин.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик финанслық қадағалаў органлары финанс жылы ушын ис-режелерин финанс жылының биринши айында
ҳәмде қадағалаў илажлары нәтийжелери бойынша анықланған нызам бузылыўҳалатларыҳәм унамлы нәтийжелер бойынша мағлыўматларды ҳәр шерек жуўмағы менен кейинги шерек биринши айының 10-сәнесине шекем рәсмий веб-сайтларға жайластырып барыўы;

16. Район ҳәкимлиги Нызамның 24-статьясына тийкар,район Халық депутатлары Кеңесине тийисли рәўиште аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджет қаржыларынан нәтийжели ҳәм өз ўақтында пайдаланылыўын ҳәмде ерисилген нәтийжелер бойынша есабат бериўи белгиленсин.

17. Район ҳәкимлиги бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлери көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў, салық базасын кеңейтиўҳәм экономикалық дәрежесин асырыў бойынша зәрүр ис-илажлар көрип, бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўы үстинен қатаңқадағалаўды орнатыўы ушын тийисли мағлыўматлар киритсин.

18. Усы қарардыӊ орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына тапсырылсын.

19. Усы қарар «Мийнет байрағы» газетасында рәсмий жәриялансын ҳәмде ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылсын.

20. Қарар рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 Халық депутатлары Қараөзек

    районлық Кеңеси баслығы:                                 У.Утамбетов