Қараөзек районы бойынша, аўыл-хожалығы ушын мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплерге ҳәмде физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл-хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириӯши ҳәм асырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын жәнеде жеделлестириў ҳаққында»ғы        ПП-6121-санлы Пәрманында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар Халық депутатлары Кеңеслери Салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында (юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң) аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын қала ҳәм районлар кесиминде, олардың экономикалық раўажланыўына қарап жер салығы ставкасын 0,5 тен 2,0 ге шекем кемейттириўши ҳәм асырыўшы коэффициентлерин қолланған ҳалда жер салығы ставкаларын белгилеў нәзерде тутылған.

         Жергиликли ҳәкимият уйымлары 2021-жыл ушын белгиленген жергиликли бюджет прогнозларының орынланыўының турақлығын тәмийинлеў, жергиликли бюджет дәраматларының асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде кемейиттириўши ҳәм асырыўшы коэффициентлерди қоллаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-январь кунги 225-санлы қарарын инабатқа алып, «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында» ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 20-статьясына ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының     15-статьясының 19-бәнтине муўапық, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси

ҚАРАР ЕТЕДИ:

         1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын жәнеде жеделлестириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманына муўапық, Салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында (юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң)
аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын қала ҳәм районлар кесиминде, олардың экономикалық раўажланыўына қарап жер салығы ставкасын 0,5 тен 2,0 ге шекем кемейттириўши ҳәм асырыўшы коэффициентлерин қолланыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-январь күнги 225-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлигиниң усыныслары мақуллансын.

         2. Халық депутатлары Қараөзек районы Кеңеси тәрепинен белгиленген  жер салығы ставкаларына, олардың аймақларында жайласқан аўыл, аймақ, мәҳәлле ҳәм көшелер кесиминде 0,7 ден 3,0 ге шекем кемейттириўши ҳәм асырыўшы коэффицентлерин киритиў ҳуқықына ийе екенлиги;

         Бунда, белгиленген жер салығы ставкасына қала ҳәм район депутатлары Кеңеслери тәрепинен салық жүгин кескин асырыўдың алдын алыў мақсетинде физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығына белгиленген (дийхан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл-хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерден тысқары) ставкасына 2020-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаған ҳалда коэффициентлерди биринши жылларда қоллаў, ал айрықша орынларда ҳәм республиканың туристик зоналарындағы жер участкалары, сондай-ақ физикалық тәреплер пайдаланыўында болған 1 гектардан артық жер участкаларына 3,0 ге шекемги асырыўшы коэффициентлерди қолланыў мүмкин екенлиги белгиленсин.

         3. Аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилген кемейтириўши ҳәм асырыўшы коэффициентлер   1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

         4. Физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын журитиў бойынша берилген аўыл-хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарда 1 кв.м ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейтириўши ҳәм асырыўшы коэффициентлер 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5.Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы М.Толыбаев ҳәм район Халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен белгиленген салық ставкалары бойынша жер салығы төлеўшилерди өз ўақтында хабарландырыў ҳәм өндирилиўин тәмийнлеў тапсырылсын.

         6.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Халык депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң тийисли турақлы комиссияларына жүклетилсин.

     Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси баслығы:                                          У.Утамбетов

     

Қала ҳәм районларда аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған

кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

Район аймағындағы АПЖ ҳәм МПЖ лар Коэффициент (0,5 ден 2,0 ге шекем) 2021-жыл ушын Жер салығы ставкасы (мың.сўмда)
1. Ата мәкан МПЖ 0,8 11947,2
2. Есим МПЖ 0,8 11947,2
3. Ғәрезсизлик гузары МПЖ 0,8 11947,2
4. Қутлы мәкан МПЖ 0,8 11947,2
5. Қараөзек ППЖ 0,8 11947,2
6. Ак С.Камалов АПЖ 0,75 11200,5
7. А.Досназаров АПЖ 0,75 11200,5
8. Мәденият АПЖ 0,75 11200,5
9. Қойбақ АПЖ 0,75 11200,5
10. Бердақ АПЖ 0,75 11200,5
11. Есимөзек АПЖ 0,75 11200,5
12. Қуралпа АПЖ 0,75 11200,5
13. Қараөзек АПЖ 0,75 11200,5

Физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарда 1 кв.метр ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

Район аймағындағы АПЖ ҳәм МПЖ лар Коэффициент (0,5 ден 2,0 ге шекем) 2021-жыл ушын
Жер салығы ставкасы (сўмда)
1. Ата мәкан МПЖ 0,8 102,4
2. Есим МПЖ 0,8 102,4
3. Ғәрезсизлик гузары МПЖ 0,8 102,4
4. Қутлы мәкан МПЖ 0,8 102,4
5. Қараөзек ППЖ 0,8 102,4
6. Ак С.Камалов АПЖ 0,7 89,6
7. А.Досназаров  АПЖ 0,7 89,6
8. Маденият  АПЖ 0,7 89,6
9. Қойбақ  АПЖ 0,7 89,6
10. Бердақ  АПЖ 0,7 89,6
11. Есимөзек  АПЖ 0,7 89,6
12. Қуралпа  АПЖ 0,7 89,6
13. Қараөзек АПЖ 0,7 89,6