Субсидия алыў тәртиби

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-март күнги «Үй-жай сатып алыў ушын пуқараларға субсидия төлеў тәртиби ҳаққында»ғы       182-санлы қарары бойынша дәраматы жоқары болмаған ҳәм үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, мәмлекеттиң социаллық турмысында белсендилик көрсетип атырған жасларға субсидиялар бериў жолға қойылды. 

Субсидия кимлерге бериледи? – Турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақларға, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, мәмлекеттиң социаллық турмысында белсендилик көрсетип атырған жаслар ҳәм усы категориядағы басқа 18 жасқа толған Өзбекстан пуқараларына бериледи. Егер пуқара мийнет мигранты болып сырт елде жумыс ислеп атырған болса, оның шаңарақ ағзалары мүрәжат етсе болады.

Субсидия алатуғын пуқара қалай анықланады? – Буны арнаўлы комиссия, арза бериўшиниң жыйнаған балларына қарап анықлайды. Яғный субсидия бериў дизимде ең көп балл алғанлардан басланады ҳәм белгиленген квота шеңберинде ажыратылады. Субсидия алатуғын пуқара ең кеминде 30 балл топлаўы керек.

Өзбекстан Республикасы Прездентиниң 11-март 2021-жылғы  6186-санлы пәрманға  тийкар, 2021-жыл 1-июньнан баслап ипотека кредити бойынша дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи.

Оған муўапық :

-пуқаралар тәрепинен субсидия алыў ушын арзалар жыл даўамында тапсырылыўы мүмкин;

 субсидия алыў ушын мүрәжат еткен арза бериўшиниң дәраматларына ол менен бирге жасамай атырған жақын ағайынлериниң дәраматлары да киргизилиўи мүмкин;

 -субсидия алыў ушын мүрәжат еткен арза бериўшиден “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы алыў мүмкин болған ҳүжжетлерди (мағлыўматларды) талап етиў қадаған етиледи;

 -уй-жай сатып алыў ушын субсидия ажыратыў ҳаққындағы хабарнама олар берилген ўақыттан баслап 12 ай даўамында әмел етеди.

– Турақ-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж пуқаралар, сондай-ақ ҳаял-қызларды ижара ҳуқықы тийкарында ўақтыншалық жайластырыў ушын турақ-жайлар сатып алынады (1 000 квартира).

 – 2021-жыл 1-июньнан Ташкент қаласында тәжирийбе жол мененде баспанасыз, аўыр турмыс шараятына түсип қалған ҳәмде “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасында дизимге алынған пуқараларға ижара қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын

6 ай даўамында айлық ижара төлемлериниң 50 проценти муғдарында, бирақ БЕМның еки ярым есесинен аспаған ҳалда айлық пул компенсациясын төлеў тәртиби енгизиледи.

 – Пәрманға көре, социаллық шерикликти және де күшейтириў, компенсация, субсидиялар ҳәм мәмлекет тәрепинен усынылатуғын басқа жеңилликлерди әдалатлы бөлистириў ҳәмде олардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде “Халқпарвар” комиссиялары шөлкемлестириледи.

 -2021-жыл 1-майға шекем халыққа қолай формада мағлыўматларды усыныс етиўши ипотека базары веб-порталы иске түсириледи.

– Тижарат банклери ипотека кредитлерин 6 айлық имтиязлы даўир ҳәм 20-жыл муддетге ажратады.

-Қала ҳәм аўыллық жерлерде уй- жай шараятын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ипотека кредити бойынша дәслепки беделдың бир бөлегин қаплаў ушын Мәмлекет бюджетинен субсидиялар   уй- жай есапланған муғдарының 10 пайызы мўғдарында ажыратылады. Субсидиялар сатып алынған квартираның майданы ҳәм бахасы  квартира майданының ең көп муғдары ҳәм үй-жай есапланған муғдарынан аспаған жағдайда төленеди.

Субсидия алыў ушын қандай мағлыўматларды усыныс етиледи?

– паспорт;

– шаңарақ ағзаларының паспорты ҳәм неке дизимге алынғанлығы ҳаққында гүўалығы (толық шаңарақ ҳәм ер жеткен перзенти(лери) болғанда) ҳәм перзентлериниң туўылғанлық хаққындағы гуўалықлары (егер ер жетпеген болса) нусқасы;

– неке бийкар етилгенлиги ҳаққындағы гуўалық ямаса неке ҳакыйқый емес деп табылғанлығы ҳаққындағы суд қарары (неке дизимге алынған жағдайларда) ҳәм шаңарақлық жағдайы ҳаққында ПҲАЖ уйымлары архивинен мағлыўматнама нусқасы (неке дизимге алынбаған ҳалатларда);

– турақлы прописка болған орнынан кадастр номери ҳәм түрине тийисли мағлыўматлар;

– турақлы прописка болған орнынан үй дәптериниң ямаса квартира карточкасының (17-форма бойынша) нусқасы;

– арза бериўши ҳәм биргеликте қарыз алыўшылардың дәраматы ҳәмде услап қалынған дәрамат салықлары ҳаққында мағлыўматнама (қосымша дәраматлар болса салық декларациясы).

Субсидиялар бир шаңараққа (шаңарақ ағзаларының биреўине) тек ғана бир мәрте бериледи.

 Караөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы жетекши қәнигеси                 И.Жеңисбаев