

Бүгин Қараөзек районында халықты коронавирусқа қарсы емлеў илажлары басланып, биринши нәўбетте медицина хызметкерлери менен 65 жастан жоқары пуқараларға салынды. Бир күнниң өзинде 111 ге жақын адам вакцина менен емленди.
Мағлыўматларға қарағанда, коронавирусқа қарсы емленген шахслар вакцина алғаннан соң, 30 минут даўамында бақлаўда болады. Сондай-ақ, 3 күн даўамында үйине барып көриў жолы менен турақлы қадағалаў алып барылады.
Сондай-ақ, барлық емлеў орынлары зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм дәри-дармақлар менен тәмийинленген. Емлеў жумыслары даўам етип атыр.