Өзбекстан Республикасының «Тоғай ҳаққында»ғы Нызамы (Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Ахборотномаси, 1999 й, 5-сон, 122-модда) 32-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына муўапық
ҚАРАР ЕТЕДИ:
1. Қараөзек
мәмлекетлик тоғай хожалығыныӊ тоғай фонды аймағында қарар Нызамлы түрде күшке
кирген күннен баслап, 2021-жыл
31-декабрьге шекем «Тоғайларда өрт қәўипсизлиги мәўсими» деп белгиленсин.
2. Район
аймағындағы тоғайларда өрт қәўпиниӊ алдын алыў ҳәм өрт болған жағдайда Қараөзек
районы бойынша исленетуғын
ис-илажлар қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. Қараөзек мәмлекетлик тоғай хожалығы баслығы И.Акимниязовға, өрт келип шығыўының алдын алыў мақсетинде тоғайларды қадағалаў бойынша төмендеги жумысларды алып барыў тапсырылсын:
а) өрт қәўипсизлиги талапларының бузылыўының алдын алыў, тоғайлардың әҳмийети ҳаққында пуқаралар арасында кең түсиник жумысларын жүргизиў;
б) тоғайларда өртке қарсы гүресиўге, жолларды таза услаўға айрықша итибар қаратыў;
в) тоғайларға кирер орынларға арнаўлы ескертиўши белгилер қойыў ҳәм бар болған белгилерди қайтадан жаңалаў;
г) тоғай фонды майданларында тәбийий ҳәм техникалық жағдайлардың алдын алыў, айрықша жағдайларда тийисли жергиликли ҳәкимият уйымлары, районлық айрықша жағдайлар бөлими, ишки ислер бөлими ҳәм басқа да кәрханалар менен биргеликте кешиктирип болмайтуғын илажлар ислеп шығылып, олардың орынланыўын тәмийинлеў тапсырылсын.
4. Қараөзек районы ҳәкиминиң орынбасары, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Ғ.Қудайбергенов, районлық дийқан, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеӊесине өртке қарсы ис-илажлар көриў, тоғай фонды жерлери менен шегараласқан атызлардыӊ әтирапларын, жап ҳәм салмаларды тазалаў ўақтында өрт келип шығыўының алдын алыў мақсетинде қуўраған шөплерди жағып жибермеў, экологиялық орталықты жақсылаў бойынша жумысларды әмелге асырыў тапсырылсын.
5. Усы қарар районлық «Мийнет байрағы» газетасында ҳәм район ҳәкимлигиниң веб сайтында жәриялансын ҳәм жәрияланған күннен баслап күшке кирсин.
6. Қараөзек районы ҳәкиминиң 2020-жыл 5-август күнги 281/8-санлы қарары өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары П.Отаровқа тапсырылсын.