“Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Қаракалпақстан Республикасы Нызамының 5, 22-статьялары, “Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының ( Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2013-жыл 15-сан, 197-статья) 17-статьясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-мартдағы “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртибин қәлиплестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 125-санлы қарары менен тастыйықланған “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Режеси талапларын орынлаў мақсетинде
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-марттағы “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртибин қәлиплестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 125-санлы қарары менен тастыйықланған “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Режеси орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
- Районда транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў төмендеги ўақытларға муўапық белгиленсин:
а) коммерциялық тийкарда жолаўшылар тасыў искерлиги менен шуғылланыўшы жеңил автомобиллер, автобуслар, троллейбуслар ҳәм орынлықлар саны 8 ҳәм оннан артық болған (айдаўшының орнынан тысқары), адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобиллери, ири габаритли, аўыр салмақлы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелери- бир жылда еки мәрте;
б) ислеп шығарылғанына алты жылдан көп болмаған транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – еки жылда бир мәрте;
в) ислеп шығарылғанына алты жылдан артық болған, сондай-ақ, ислеп шығарылған ўакты анық болмаған транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – бир жылда бир мәрте;
г) тиркемелер техникалық көрикке транспорт қуралы- жүк транспортлары ушын белгиленген мүддетлерде;
д) нәўбеттеги техникалық көриктен өткериўдиң алдын орнатылған мүддетлерине қарамастан, оларды МЖҲҚХ уйымларында дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўактында (биринши мәрте дизимге алынып атырған жаңа транспорт қуралларынан тысқары)
- Усы шешимниң 2-бәнти «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларының техникалық көриги:
биринши мәрте- 1март – 30 июньда;
екинши мәрте- 1 сентябрь – 31 октябрьда өткериледи.
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли басқа транспорт қуралларының техникалық көриги 1 январь – 31 декабрьде өткериледи.
- Жаңа транспорт қураллары МЖҲҚХ уйымларында дизимнен өткериўде техникалық көриктен өткерилмейди.
- Районда техникалық көрикти өткериў ушын дүзилген комиссия қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Районлық ишки ислер бөлими ЖҲҚХ тәрепинен юридикалық шахслардың транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў орны, сәнеси ҳәм ўақты, көрикке қойылып атырған транспорт қуралларының саны ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алатуғын 2-қосымшаға муўапық дүзилген кесте тийкарында әмелге асырыў режелестирилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-марттағы “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртибин қәлиплестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 125-санлы қарарының 3-бәнти талапларынан келип шығып, районлық қорғаныў бөлими, ишки ислер бөлими ҳәм мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети транспорт қураллары усы мекемелер тәрепинен белгиленген тәртипте мәжбүрий техникалық көриктен өткерилиўи нәзерде тутылсын.
- Район ҳәкимлигиниң 2021-жыл 15-февральдағы “Район аймағындағы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли транспорт қураллары ҳәм тиркемелерди мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳаққында”ғы 83/2-санлы қарары усы шешим күшке киргеннен баслап өз күшин жойтқан деп есаплансын.
- Усы шешим “Мийнет байрағы” газетасында жәриялансын ҳәм район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтына жайластырылсын.
- Усы шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң биринши орынбасары Қ.Азербаевға жүклетилсин.
Ҳәким: У.Утамбетов
Транспорт қуралларын жыллық техникалық көриктен өткериў бойынша районлық комиссиясының
ҚУРАМЫ
Комиссия бслығы |
– |
Районлық ишки ислер бөлими жол ҳәрекети қәўипсизлиги топары аға инспекторы |
Комиссия ағзасы |
– |
Район ҳәкимлигиниң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм комунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәнигеси
|
Комиссия ағзасы |
– |
Районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы баслығы |