ДЕПУТАТ ХАЛЫҚ ПЕНЕН УШЫРАСТЫ

Исбилерменлер Ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҳәм Қараөзек районлық Кеңеси депутаты Г.Досбергеновалар  “Мәденият” АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен  ушырасты. Ушырасыўда  пуқаралардың мүрәжаатлары тыңланып, олар тәрепинен ишимлик суўы, жолларды оңлаў, электр энергиясы  бойынша мүрәжаатлар билдирилди. Депутат бул мәселелердиң унамлы шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде тийисли уйымларға депутатлық сораўнамаларын жиберип, әмелий жәрдем беретуғынлығын билдирип өтти.