ФУТБОЛШЫЛАРЫМЫЗ СЫЙЛЫ ОРЫНДЫ ИЙЕЛЕДИ.

2021-жыл «Жасларды қоллап қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» на бағышланып 20-январь күни Нөкис қаласы «Туран» стадионында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң, 2004-2005 жылларда туўылған оқыўшылары арасында спорттың, футбол түринен  Қарақалпақстан бириншилиги болып өтти. Жарысқа Қараөзек районынан да жас спортшыларымыз қатнасып жақсы ойын көрсетти.  Жарыс жуўмағында I-орынды  Шоманай районы командасы, II-орынды Қанлыкөл районы командасы ҳәм III-орынды Қараөзек районы командалары жеңип алды. Алдағы жарысларда район спортшыларының сыйлы биринши орынларды жеңип алыўына үмит етип қаламыз.