Питкериўшилерге «Исбилерменлик тийкарлары» пәни оқытылмақта.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 25-декабрь күни өткерилген «Өзбекстан жаслары форумын» да жасларға унамлы мотивация, бизнес хәм исбилерменлик тараўында зәрүр билим хәм көникпелерин қәлиплестириў кереклиги айтып өтилди. Сол арқалы жасларды исбилерменликке кең түрде тартыў хәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша “Ҳәр бир исбилермен – жасларға ғамхор” басламасы қоллап қуўатланды.

Бул баслама бойынша Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен усы жылдың 1-февраль күнинен баслап районымызда жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшыларына «Исбилерменлик тийкарлары» пәни оқытылмақта. Бул пәнди өтиўден мақсет жасларымызда исбилерменлик көнликпелерин асырыў, кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм билимлендириў сапасын асырыў арқалы мәмлекет ҳәм жәмийетке жетик кадрларды жетистирип бериў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген. Бул өтилип атырған пәнде жасларымызға «Исбилерменлик субъектлери ҳәм оның түрлери», «Электрон ҳүкимет» ҳәмде Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталыннан пайдаланыў тәртиби ҳаққында интерактив методта арнаўлы таярланған слайдлар, роликлер ҳәм тарқатпа материаллар арқалы кеңнен түсиндирилмекте. Мектеплерде бул пәнниң оқытылыўы жасларымызға деген үлкен итибардың бир көриниси болып есапланады.