#КЛАСС КОНЦЕРТИ

Инсанлардың ҳәр тәреплеме эстетикалық заўыққа бөлениўине қосықтың тәсири оғада кушли. Себеби қосық ҳәм саз арқалы инсан қуўанышын, шадлығын, қайғысын, арзыў- әрманларын, ишки сезимлерин, нама арқалы сәўлелендире алған. Районлық 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби Эстрада,  Академыялық қосық  бөлими муғәллимлери Б.Қудайбергенов,  Б.Жиемуратова ҳәм С.Бердановлар тәрепинен  2020-2021-оқыў жылында оқыўшылары менен бирге өтилген сабақлықлар, үйренген намаларын мектеп жəмəəти хəм ата-аналарға арнап класс концерти шөлкемлестирилди. Концерт даўамында оқыўшы жаслар өзлериниң алған билимлерин сахнада еркин көрсете алды.