ТОПАР МӘЖИЛИСИНДЕ ЕСАБАТЛАР ТЫӉЛАНДЫ

Қараөзек районы ҳəкимиятының мəжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги ÓzLiDeP депутатлық топарыныӊ мәжилиси өткерилип, мәжилисте район ҳәкиминиӊ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси ҳәм районлық Бәнтликке көмеклесиў орайыныӊ ҳаял-қызлар ҳәм жәмлеспеген жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар ҳәм алдағы ўақытларда белгиленген ўазыйпалары бойынша есабатлары тыӊланды. Халық депутатлары районлық Кеңесине партиядан сайланған депутатлар тәрепинен усы бағдарда өз пикир усыныслар билдирди.