#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

Екинши жер жүзлик урыста ерисилген жеңистиң 76-жыллық байрамы мүнәсибети менен Балалар Дослық бағында әдебий илаж шөлкемлестирилди. Илажға Өзбекстан Жазыўшылар ҳәм журналистлер аўқамлары ағзасы, нураный устаз Муратбай Әбдимуратов ҳәм бир қатар тараў ўәкиллери қатнасты. Илаж даўамында шығып сөйлеўшилер тәрепинен екинши жер жүзлик урыс дәўириндеги қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Соның менен бир қатарда жеңистиң 76 жыллығына арнап салынған сүўретлери ушын 16-санлы Балалар көркем-өнер ҳәм музыка мектебиниң қәбилетли оқыўшыларына бөлим тәрепинен миннетдаршылық ҳәм саўғалар тапсырылды.