РАЙОНДАҒЫ АК. С. КАМАЛОВ АПЖ ДА КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ ӨТКЕРИЛДИ

Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы шөлкемлеcтириўинде Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сектор, Жаслар ислери агентлиги, министрликлер ҳәм мәкеме шөлкем басшылары тәрепинен райондағы Ак. С. Камалов АПЖ да жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда аймақ турғынлары ишимлик суў, жол, электр энергиясы ҳәм бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатларын билдирди.

Келип түскен мүрәжатлар тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренилип, унамлы шешилиўи ушын тапсырмалар берилди. Сондай-ақ усы күни районлық бирлесекен емлеўхана тәрепинен 3 пуқараға ҳаса таяқ, 1 пуқараға қолтық таяқ, 1 пуқараға майыплар арбашасы,1 пуқараға еситиў аппараты, 1 пуқараға Республикалық көп тармақлы медицина орайына емлениў ушын жолламалар берилди.