“Ҳаяллар дәптери” не киритилген ҳаял-қызлар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўға Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Қараөзек районы әдиллик бөлими, район прокуратурасы, ишки ислер бөлими ҳәм районлық жынаят ислери бойынша суды хызметкерлери қатнасты.

Район аймағындағы «Ҳаяллар дәптери» не киритилген ҳуқықый жәрдемге мүтәж  ҳаял-қызлардың машқалалары бойынша сәўбетлесиў алып барылды. Нәтийжеде 17 ҳаял-қызларға ҳуқықый түсиниклер берилип, қалған ҳаял–қызлардың мүрәжатлары қосымша үйренип шығыў ушын қабыл етилди.