«Жылдыӊ еӊ жақсы тәрбияшысы» кәсиплик көрик таӊлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

Республикамыз көлеминде өткерилген «Жылдыӊ еӊ жақсы тәрбияшысы» кәсиплик көрик таӊлаўына районымыздағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринен алты тәрбияшы қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп қайтты.

Усы мүнәсебет пенен район ҳәкими жеңимпазларымызды қутлықлап, район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғаларын тапсырды. Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, райондағы А. Досназаров АПЖ да жайласқан 7-санлы МШБШ ниң тәрбияшысы Нуржамал Бердиева, таңлаўдың Ташкент қаласында болып өтетуғын басқышына жоллама алды. Биз Нуржамалдың алдағы таңлаўларда жеңимпаз болыўына тилеклес болып қаламыз.