Сессия

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти.

Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партиялар, өзин-өзи басқарыў уйымлары, мəкеме, шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессия жумысын Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси баслығы У. Утамбетов басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлердиӊ 2022-жылдыӊ биринши шереги даӯамында әмелге асырылған жумысларының жуўмақлары тыӊланды.

Күн тәртибиндеги басқада мәселелер бойынша шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.