Жасыл макан

Районда “Жасыл макан” жойбары шеңбериндеги абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумысларына билимлендириў тараўы хызметкерлериде өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып атыр.
Бул жойбар шеңбериндеги исленип атырған жумыслар, әтирап аймағымыздың таза, ден-саўлығымыздың беккем болыўында оғада әҳмийетли.
Сонлықтанда “Жасыл макан” жойбарының мазмун-мәнисин жаслар санасына сиңдириў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз саналады.
Абаданластырыў жумыслары районда шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.