Медиа тур

Районлық ХББ не қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класс оқыўшыларын кәсипке бағдарлаў, бос ўакытларын мазмунлы өткериў, қызығыўшылығы ҳәм қәбилетлерин асырыў мақсетинде, район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети ҳәм 2-12-28-3-санлы мектеп муғаллимлери менен оқыўшыларының қатнасыўында медиа-тур шөлкемлестирилди.
Медиа-тур даўамында мектеп оқыўшылары райондағы «Әжинияз мебель» ҳәм «Қараөзек текстиль» ЖШЖ де болып, бул орынлардағы исбилерменлер тәрепинен исленип атырған жумыслар менен кеңнен танысты.
Оқыўшылар саяхат даўамында, өзлерине керекли болған мағлыўматларға ийе болды ҳәм Қарақалпақстан телеканалына арнаўлы көрсетиў таярланды.