Жасларға ажыратылған егислик майданында семинар кеңес өткерилди.

Райондағы «Бердақ» АПЖ аймағындағы «Балтамурат кластер» фермер хожалығында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрь күнги ПҚ-20-санлы қарарының орынланыўына арналған көргизбели семинар кеңес болып өтти.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д. Қайпов райондағы төрт сектор баслықлары, фермер ҳәм дийхан хожалықлары қатнасты.
Семинарда пахта ҳәм ғәлледен қысқарттырылып ашық электрон таңлаў арқалы ажыратылып берилген жер майданларында аўыл хожалығы егинлеринен дәнли ҳәм палыз егинлерин жетистириў, оннан топланған өнимлерди «Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги» Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен шәрнама дүзип, жетистирген өнимлерин белгиленген баҳаларда алатуғынлығын билдирип өтти.
Семинар соңында тараў басшылары жер алған жаслар менен сәўбетлесиўлер алып барып, алдағы режелери менен танысты.