“Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 5, 22-статьялары, “Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының (Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2013-жыл, 15-сан, 197-статья) 17-статьясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 31-январдағы 54-санлы қарары менен тастыйықланған “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Режесине (Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2003-жыл 1-2-сан, 17-статья) хәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 6-январь күнги 02-08/13-01/3-санлы мәжилис баянламасына муўапық транспорт қуралларының 2021-жылда мәжбүрий техникалық көриктен өткериў мақсетинде
ҚАРАР ЕТЕДИ:
1. Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл
6-январь күнги 02-08/13-01/3-санлы мәжилис баянламасы орынлаў
ушын басшылыққа алынсын.
2. Районда транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў төмендеги ўақытларға муўапық белгиленсин:
а) пуллы тийкарында жолаўшылар тасыў ушын пайдаланатуғын жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм отырылатуғын орынлар саны 8 ҳәм оннан артық болған (айдаўшының орнынан тысқары), адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобильлери, ири габаритли, аўыр салмақлы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм оларға тиркемелер-бир жылда еки мәрте;
б) ислеп шығарылғанлығына бес жылдан көп болмаған (ислеп шығарылған жылы ҳәм усыған киреди) транспорт қураллары (усы бәнттиң “а” киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – еки жылда бир мәрте;
в) ислеп шығарылған жылын есапқа алған ҳалда ислеп шығарылғанлығына бес жылдан артық болған транспорт қураллары, сондай-ақ ислеп шығарылған ўақты анықланбаған транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – бир жылда бир мәрте;
г) тиркемелер көрикке транспорт қуралы – жүк машынлары ушын белгиленген мүддетлерде;
д) нәўбеттеги техникалық көриктен өткериўдиң алдын орнатылған мүддетлерине қарамастан, оларды МЖҲҚХ уйымларында дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында;
е) олар ислеп шығарылған жылына қарамастан, МЖҲҚХ уйымларында дизимнен өткерилген (қайта дизимнен өткерилген) күннен баслап бир жыл өтип (усы бәнттиң «а» кишик бәнтинде көрсетилген ҳалатлар буннан тысқары).
3. Усы қарардың 2-бәнти “а” киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларының техникалық көриги:
биринши мәрте – усы жылдың 1-мартынан 30-июнға шекем;
екинши мәрте – усы жылдың 1-сентябринен 31-октябрьге шекем өткерилсин.
Юридикалық шахсларға қараслы болған транспорт қуралларының техникалык көриги усы жылдың 1-мартынан 30-июньға шекем өткерилсин.
Физикалық шахсларға қараслы болған транспорт қуралларының техникалық көриги усы жылдың 10-февральдан 31-августқа шекем өткерилсин.
4. Районда техникалық көрикти өткериў ушын дүзилген комиссия қурамы 1-қосымшаға муўапық, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған транспорт қуралларының 2021-жылғы мәжбүрий техникалық көригин өткериў кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
5. Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл
31-январьдағы “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби
ҳаққында”ғы Нызамын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 54-санлы қарары 3-бәнти талапларынан
келип шығып, районлық қорғаныў бөлими, ишки ислер бөлими ҳәм миллий қәўипсизлик
хызмети транспорт қураллары мәжбүрий техникалық көриклери өз жоқары
шөлкемлериниң қарары ҳәм ис-режеси
тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылсын.
6. Район ҳәкиминиң 2020-жыл 24-февральдағы “Қараөзек районы аймағындағы автомототранспорт қуралларын гезектеги мәжбүрий мәмлекетлик техникалық көриктен өткериў ҳаққында”ғы 49/2-санлы қарары 2020-жылдың 31-декабрьден өз күшин жойтқан деп есаплансын.
7. Усы қарар “Мийнет байрағы”
газетасында жәриялансын
ҳәм район ҳәкимлигининг рәсмий веб-сайтына
жайластырылсын.
8. Усы қарар рәсмий жәрия қылынған күннен баслап күшке киреди.
9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Азербаевқа жүклетилсин.
Қараөзек
районы ҳәкиминиң 2021-жыл
_____ февральдағы _____-санлы қарарына
1-ҚОСЫМША
Транспорт қуралларын жыллық техникалық көриктен өткериў бойынша районлық комиссиясының
Қ У Р А М Ы
П.Султанов | – | РИИБ ЖХКТ аға инспекторы комиссия баслығы |
Б.Ерниязов А.Өсербаев | – | Район ҳәкимлигиниң санаатты раўажаландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәнигеси Районлық жол хожалығы,кесип алып ислеў,оңлаў,пайдаланыў кәрханасы баслығы |
Еслетпе: Мәмлекетлик техниканы қадағалаў инспекциясы баслығына тастыйықланған шахс комиссия ағзасы есапланады
Қараөзек
районы ҳәкиминиң 2021-жыл _____ февральдағы _____-санлы қарарына
2-ҚОСЫМША
Райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң транспорт қуралларын мәмлекетлик мәжбүрий техникалық көриктен өткериў кестеси
№ | Мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем атамалары | Автомото транспортларды техникалық көриктен өткериў ўақты | Өткерилетуғын орны | |
Барлық транспортлар | Көрикти өткериў ўақты | |||
1 | Қараөзек районы ҳәкимияты | 02.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | Рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында |
2 | Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги районлық бөлими | 03.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
3 | Районлық Халық билимлендириў бөлими | 04.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
4 | Қараөзек районы ирригация бөлими | 05.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
5 | Районлық мәмлекетлик салық инспекцияси | 06.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
6 | Қараөзек районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими | 09.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
7 | Қараөзек районы Финанс бөлими | 10.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
8 | Xалк банк Қараөзек филиалы | 11.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
9 | Қараөзек районы архитектура ҳәм қурылыс бөлими | 12.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
10 | Агро банк Қараөзек филиалы | 12.03.2022 ж. | 9:00-16:00 | |
11 | Қараөзек мәмлекетлик тоғай хожалығы | 12.03.2022 ж. | 9:00-16:00 | |
12 | Районлық Абаданластырыў басқармасы | 13.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
13 | «Ватанпарвар» шөлкеми Қараөзек районы оқыў спорт техника клубы | 16.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
14 | Қараөзек районы Медицина бирлеспеси | 17.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
15 | Қараөзек телекоммуникация тармағы | 18.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
16 | Районлық санитария-эпидемиология бақлаў орайы | 19.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
17 | Районлық электр тәмийнаты кәрханасы | 20.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
18 | «Қараөзек район газ тәмийнаты» филиалы | 23.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
19 | Районлық Ветеринария бөлими | 24.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
20 | Районлық аўыл хожалығы бөлими | 25.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
21 | «Қуўанышжарма» ИТБ | 26.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
22 | Районлық абаданластырыў басқармасы, Тоза ҳудуд ДУК | 27.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
23 | Қараөзек районы «Қараөзек МТП» ЖШЖ | 30.03.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
24 | «Қараөзек керпич заводы» ЖШЖ | 02.04.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
25 | Районлық жоллардан пайдаланыў унитар кəрханасы | 03.04.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
26 | «Рейим қурылыс» ЖШЖ | 06.04.2021 ж. | 9:00-16:00 | |
27 | Райондағы фермер хожалықлары, жеке кәрханалар | 10.04.2020 ж.- 30.06.2020 ж. | 9:00-16:00 |
ЕСЛЕТПЕ: 2021-жыл 1-январь сәнесинен 2021-жыл 31-август сәнеси аралығында пуқаралар өзине тийисли болған М1 – категориясындағы автотранспорт қуралларын өз қәлеўи тийкарында рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында өткереди.