РАЙОНДА БИЙДАЙ ТӘРБИЯ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ.

Бүгинги күнде Қараөзек районындағы фермер  хожалықлары 2021 жылдың бийдай өними ушын атыз басларына жергиликли төгин шығарыў жумысларын шөлкемлескенлик жағдайында жүргизип атыр. Райондағы 244 фермер хожалығы өткен жылы 4000 гектар майданға гүзлик бийдай егип, егилген бийдай атызларының ҳәр бир гектарына 5 (бес) тоннадан жергиликли төгин шығарып тәрбия ислерин басландырып жиберди. Районда жәми болып  20 000 (жигирма мың) тонна жергиликли төгин шығарыў  белгиленген болса, бүгинги күнге келип  20560 тонна жергиликли төгин, егилген бийдай атыз басларына шығарылды. Ҳәзирги күнде бийдай атызларына жергиликли төгин шығарыў жумыслары даўам етпекте.