“Үмит нәўшелери” спорт жарысының аймақлық басқышы Қараөзек районында басланды.

Қараөзек районындағы “Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт” мектебинде “Үмит нәўшелери” сорт жарысы басланды. Жарысқа бес районнан Қараөзек, Тахтакөпир, Шымбай, Кегейли, Бозатаў районларынан 2003-2004-жыллары туўылған жас өспирим спортшылар қатнаспақта. Спортшылар спорттың ойын түрлеринен Қол тобы, Футбол, Баскебол,Волебол түрлеринен күш сынасады. Жарастың ашылыў салтанатында шығып сөйлеўшилер сортшыларға табыслар тиледи. Жарыс бүгин кешки саат 16.00 ге шекем даўам етеди.