БАЙРАМ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН СПОРТ ИЛАЖЛАРЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.

Быйыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 28 жыл ҳәм Амир Тимур бабамыздың туўылғанлығына 685 жыл толды. Усы усы мүнәсибет пенен Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми  районлық оқыў спорт техника клубында район аймағындағы улыўма билим бериў мектеплери жоқары класс оқыўшылары қатнасында спорт жарыслары шөлкемлестирилди. Илажға оқыўшы жаслар өзлериниң шаққанлық ҳәм епшилликлери менен қатнасты. Жарыс жуўмағында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен дипломлар тапсырылды.