СУДТА ӨЗ ҲУҚЫҚЫН ҚОРҒАЎДА ДӘЛИЛЛЕРДИҢ ОРНЫ

Ҳәзирги күнде өткен жылларға салыстырғанда экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат етиў муғдарының өсиўи исбилерменлик субъектлериниң судқа исеними артқанлығын билдиреди.

Бирақ суд әмелиятында айырым исбилерменлердиң басқа кәрханалар менен қатнасықларда шәртнама дүзиў менен шекленип, усы шәртнама бойынша әмелге асырылған хожалық операцияларын тастыйықлаўшы басланғыш есап ҳүжжетлерин дүзиў зәрүрлигине итибар етпеў жағдайлары ушырап турады. Мәселен, товарларды тапсырғанлығын тастыйықлаўшы счет-фактура яки тапсырыў-қабыллаў ҳүжжетин алмағанлығы, жеткизилген товарлар яки көрсетилген хызметлердиң муғдарын, баҳасын ямаса басқа тийисли көрсеткишлерин жазбай, ашық қалдырып, счет-фактура яки салыстырыў актлерине имза қойып, мөр менен тастыйықлап бериў жағдайлары жийе-жийе ушыраспақта. Бул жағдай көбинесе фермер хожалықлары қатнасындағы ислерде ушырап турады. Ақыбетте суд мәжилисинде толтырылмаған счет-фактура яғный «ақ қағаз»ға имза қойып, мөри менен тастыйықлап бергенлиги, басланғыш есап ҳүжжеттеги алынған яки тапсырылған товардың муғдары хызмет көрсетиўши кәрхана тәрепинен өз бетинше надурыс жазылғанлығы ҳаққында наразылықлары келип шығады.

Суд әмелиятында исбилерменлик субъектлердиң даўа арзаларының қанаатландырылыўы ямаса қанаатландырылмаўы даўагер менен жуўапкердиң өз талаплары яки наразылықларын дәлиллеўи менен байланыслы. Себеби судқа өзиниң бузылған ҳуқықлары яки нызамлы мәплерин қорғаўды сорап мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара яки юридикалық шахс өзлериниң талапларына ямаса наразылықларына тийкар болған жағдайларды дәлиллеўи шәрт. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 68-статьясында түсиник берилген, яғный исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талап ҳәм қарсылықларына тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлиллеўи керек.

Бундай дәлиллерге жазба ямаса затлай дәлиллер, шәртнамалар, счет-фактуралар, исеним хатлар, эксперттиң жуўмағы, суд мәжилисиндеги қатнасыўшы тәреплердиң көрсетпелери, гүўаның көрсетпеси ҳәм басқа да мағлыўматлар киреди.

Шәртнама қатнасықларында даў келип шыққан ҳалда өз ҳуқықларын қорғаў ушын судта дәлил болып хызмет атқарыўшы басланғыш есап ҳүжжетлерине айрықша итибар қаратыўы лазым. Судта дәлиллер исте қатнасыўшы даўагер, жуўапкер ҳәм үшинши шахс тәрепинен усынылады. Егер суд топланған дәлиллерди жетерли емес деп тапқан болса, қосымша дәлиллерди усыныўды сораўы мүмкин. Егер бир тәреп дәлилди басқа пуқара ямаса кәрханадан алыў мүмкиншилиги болмаса, усы дәлилди алыў ҳаққында судқа илтимаснама бериўи мүмкин. Бундай илтимаснамада бул дәлил менен ис ушын қандай әҳмийетли жағдайлар анықланыўы мүмкинлиги, дәлилдиң белгилери, жайласқан жерин көрсетиўи шәрт.

Егер суд илтимаснаманы тийкарлы деп тапса, оны қанаатландырыў ҳаққында уйғарыў шығарады. Уйғарыўда соралған дәлилди усыныў мүддети ҳәм тәртибин көрсетип, дәлилди сақлап турған пуқара ямаса кәрханаға жибереди.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 74-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд дәлиллерге истиң барлық жағдайларын жәмлеп, оларды суд мәжилисинде нызамға әмел еткен ҳалда ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығыўға тийкарланған өз ишки исеними бойынша баҳа береди.

Жоқарыдағылардан келип шығып, исбилерменлерге басқа кәрханалар менен хожалық операцияларын әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы басланғыш есап ҳүжжетлерин дүзиўде итибарлы болыўды, нызамда белгиленген басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквизитлерин толық көрсетиў лазымлығын, бул ҳүжжетлер исбилерменлик шериклер менен кейин ала даўлар келип шыққанда дәлил ролин атқарыўын, бундай ҳүжжетлердиң жоқлығы яки толық емеслиги судта олардың өз ҳуқықларын қорғаўда қыйыншылық келтирип шығарыў мүмкинлигин айрықша атап өтпекшимиз.

Бердимурат БАЙМУРАТОВ     

Нөкис районлар аралык экономикалық суды судьясы