НЫЗАМШЫЛЫҚҚА ӨЗГЕРИС ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР КИРИТИЛДИ

Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 30-март күнги “Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы ЎРҚ-679-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасының «Мәлимлестириў ҳаққында»ғы Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

  Атап айтатуғын болсақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 2011-статьясы менен толтырылды. Усы статьяға муўапық ендигиден былай Өзбекстан Республикасының нызамшылық ҳүжжетлери талапларын жәмәәт тәртибине ҳәм жәмәәт қәўипсизлигине қәўип салатуғын тәризде ҳәм орынламаслыққа яки бузыўға, соның ишинде ғалаба хабар қуралларынан, телекоммуникация тармақларынан, Интернет дүнья хабар тармағынан, сондай-ақ текстти көбейтиўдиң баспа яки басқа усылларынан пайдаланған ҳалда ғалаба алдында шақырғанлығы ушын базалық есаплаў муғдарының алпыс есесинен сексен есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Буннан тысқары, Жынаят кодексиниң 158-статьясы үшинши бөлиминдеги «қураллардан» деген сөзден кейин «телекоммуникация тармақларынан яки Интернет пүткил дүнья хабар тармағынан» деген сөзлер менен толтырылды.

Сондай-ақ 244-статья биринши ҳәм екинши бөлимлер менен толтырылды. Оған муўапық «Ғалабалық тәртипсизликлерге ҳәм пуқараларға қарата аяўсыз ҳәрекет қылыўға ғалаба алдында жәмәәт алдында шақырыў базалық сеаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем жәрийма яки еки жылға шекем тәрбия дүзетиў ислери ямаса үш жылдан бес жылға шекем азатлықты шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланатуғынлығы белгиленди.

Усы ҳәрекетлер:

а) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;

б) ғалаба хабар қуралларынан, телекоммуникациялар тармақларынан, Интернет дүнья хабар тармағынан, сондай-ақ текстти көбейтиўдиң баспа яки басқа усылларынан пайдаланған ҳалда ислеген болса базалық сеаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекем жәрийма яки еки жылдан үш жылға шекем тәрбия дүзетиў ислери ямаса он жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланатуғынлығы белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша судьясы                Б.Ктайбеков