#Әдебий_кеше_болып_өтти.

XX-әсирдеги қарақалпақ поэзиясының ири ўәкили, оның байтереги, тәкирарланбас талант ийеси Ибрайым Юсуповтың туўылғанлығына 92-жыл толыў мүнәсебети менен районлық агроэкономика техникумында әдебий кеше шөлкемлестирилди. Кешеде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы М.Атажанов ҳәм мәлимлеме китапхана орайынан Д.Пазнатдиновалар мийманда болды. Илаж даўамында қәбилетли техникум оқыўшылары тәрепинен шайырдың қәлеминен дөреген қосықлар, аяқ ойынлар илаж қатнасыўшыларының нәзерине усынылды.