Медиа тур

Қараөзек районындағы «Қәлим Бекполат» фермер хожалығында жайласқан Гидропоника усылында салынған «Ыссыханада» районлық ХББ не қараслы мектеплердиң оқытыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында  Медиа тур болып өтти. Онда журналистлер ҳәм Медиа тур қатнасыўшылары бул орынлардағы жумыслар менен танысып, өзлерине керекли болған мағлыўматларға ийе болды ҳәм тийисли тараў ўәкиллеринен жуўаплар алды.

Мағлыўмат ушын: Ыссыхана жумысын жас исбилермен А. Узақбаев 2019-жылы Нөкистеги «Санаат қурылыс» банкинен 536 мың АҚШ доллар кредити тийкарында жумыс баслап, ыссыханада 19 мыңнан аслам помидор нәлинен жетистирип, бүгинги күнде жетистирилген өнимлерди ишки базарымызға сатып, арзан баҳада халқымызды тәмийинлемекте. Ыссхананың жер майданы 1га ды қурайды.