«ЭЛЕСТА» ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҒЫНДА СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ

Райондағы «Бердақ» АПЖ да жайласқан «Элеста» фермер хожалығында 2021-жылдың аўыл хожалығы жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри А.Якупов, район ҳәкиминиң аўыл хожалығы бойынша орынбасары С.Досбергенов ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты. Семинарда тийисли тараў басшылары шығып сөйлеп, егислик майданларды суўғарыўда суў тежеўши технологиялардан утымлы пайдаланыў ҳәм тамшылатып суўғарыў бойынша өзлериниң мәсләҳәтлерин берип өтти. Семинар фермерлердиң сораў жуўаплары менен даўам етти.