ЕРТЕ ТУРМЫС ҚУРЫЎДЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ИЛАЖ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Мәмлкетимиз тәрепинен ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социал-сиясий белсендилигин жәнеде күшейттириў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўындағы орнын жәнеде  асырыў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылмақта. Сол мүнәсебет пенен районлық ХББне қараслы 2-санлы ҚМУББ мектебинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қараөзек районлық бөлими баслығы М.Атажанов, районлык Әдиллик бөлими қәнигеси А.Искендеров, Ҳаял-қызлар арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларын алып барыў топары баслығы Ш.Нуримова ҳәмде «Ғәрезсизлик гүразы» МПЖ баслығы орынбасары З.Калановалардың қатнасыўында  ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда ерте турмыс қурыўдың алдын алыў, халық арасында идеологиялық тәсирлерге қарсы гүрес ҳәмде оларда руўхый идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў, халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеў, саламат бала туўылыўы, физикалық ҳәм бәркамал әўладты камал таптырыў барысындағы жумысларды жәнеде күшейттириў ҳәмде нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетимизде ҳаял-қызларға қаратылған кең имкәниятлар бойынша кең түрде мағлыўматлар берип өтилди.