ППЖ ПУҚАРАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Қараөзек районы ХББ не қараслы 16-санлы УОББ мектебинде районлық ППЖ  дағы «Ҳаял-кызлар»  ҳәм  «Жаслар» дәптерине дизимге алынған пуқаралар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға район ҳәкиминиң орынбасары А. Джуманязов, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими ҳәм бир қатар мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты. Ушырасыўда  аймақ пуқаралары менен сәўбетлесиў өткерилип, олардың пикир усыныслары тыңлады. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер  жасларға берилип атырған имканиятлар «Ҳаял-қызлар»  ҳәм  «Жаслар» дәптериндеги пуқараларға берилип атырған жеңилликлер ҳаққында сөз етти. Буннан соң аймақ турғынлары өзлерин қызықтырған машқала ҳәм усыныслары бойынша  мүрәжат етти. Олардың айырым машқалалары сол жердиң өзинде үйренилип жуўап қайтарылды, айырым машқалалары тийисли тәртипте көрип шығылып, тараў басшылары тәрепинен тез күн ишинде шешип берилетуғынлығы айтып өтилди.