“Сен муқәддессең-муқәддес ҳаял” атлы байрам кешеси

Бүгин райондағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «8-Март Халық аралық Ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсебети менен “Сен муқаддессең-муқәддес ҳаял” атлы байрам кешеси болып өтти. Кешеге райондағы төрт сектор баслықлары, нураный аналар менен ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет ислеп атырған ҳаял-қызлар қатнасты. Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм бир қатар нураныйлар шығып сөйлеп, байрам қатнасыўшыларын ҳәм гүллән районымыз Ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлап, шаңарақларына аманлық, аўызбиршилик ийгиликли жумысларында табыслар тиледи. Буннан соң бир қатар  тараўларда белсендилик көрсеткен ҳәм жәмийетлик турмыста өзиниң өнимли мийнети менен шаңарақ пәраўанлығына мүнәсип үлес  қосқан ҳаял-қызларымызға ҳүрмет жарлықлары менен байрам саўғалары салтанатлы  жағдайда тапсырылды. Усы күни социаллық жәрдемге мүтәж жумыссыз 7 ҳаял-қызға тигиў машиналары берилди.  Байрам соңында  ҳаял-қызларға районымыздың пайызлы орнында кең дәстурхан жайылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди. Байрам қуўанышлары районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.