Д. Ильясова «Мутабар аёл» көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Мәмлекет ҳәм жәмийетте белсенди басламалық көрсеткен, өзиниң әдиўли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўи, беккемлениўи, тынышлығы сондай-ақ аналық ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан, орынларда руўхый-тәрбиялық орталықты саламатластырыў ҳәм миллий қәдириятларды кең үгит-нәсиятлаў барысында өрнекли жумыс алып барып атырған Республикамыздың  бир қатар ҳаял-қызлары  «8-Март Халық аралық Ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсебети «Мутабар аёл» көкирек нышанлары менен сыйлықланды. Солар қатарында районымыздағы Медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиниканың балалар шыпакери Дамахан апа Ильсовада усы көкирек нышанына мүнәсип деп табылды. Сол мүнәсибет пенен район ҳәкими У.Утамбетов көкирек нышаны ийеси Д. Ильясованы қызғын қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи.