Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.

O’zLiDeP Қараөзек районлық Кеңеси, Халқ депутатлары районлық Кеңес депутатлары, районлық Әдиллик бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы ўәкиллери, районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими, район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети ҳәм исбилерменлердиң қатнасында,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мажлиске Муражаатнамасы, 2021-жыл мәмлекетимизде “Жасларды қоллап-куўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы” мүнәсибети ҳәм 2021-жыл 2-февраль күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың сиясий партиялардың басшылары ҳәм депутатлары менен болып өткен ушырасыўдағы белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың әмелге асырылыўы бойынша ашық сәўбет шөлкемлестирилди. Онда шығып сөйлегенлер Мәмлекетлик бағдарлама бәршемизди ийгиликли мақсетлер жолында пидайылыққа, өз ўазыйпамызға және де жуўапкершилик пенен қараўға бағдарлады. Өйткени усы дәстүрде мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында әмелге асырылатығын ең тийкарғы мақсет ўазыйпалар, анық усыныс ҳәм де басламалар алға сүрилген. Соның ишинде Парламент, депутатлар ҳәм сиясий партиялардың жумысларын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген. Сондай-ақ “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда исленип шығылған дәстүрге муўапық, жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша барлық тараўларда реформалар избе-излик пенен даўам еттириледи. Ашық сәўбетте Мәмлекетлик бағдарламада атап өтилген ўазыйпаларды биргеликте алып барыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алды. Сәўбетлесиў барысында  киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң еледе   раўажланыўына тосқынлық етип атырған, исбилерменлик жумысы еркинлигин шеклеп атырған бир қатар машқалаларды турақлы тәризде системалы үйренип барыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық басламалар сөз етилди.