Район аймағындағы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли автомототранспорт қураллары ҳәм оларға тиркемелерди мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳаққында

“Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 5, 22-статьялары, “Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында”ғы Нызамының (Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2013-жыл, 15-сан, 197-статья) 17-статьясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 31-январдағы 54-санлы қарары менен тастыйықланған “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Режесине (Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери топламы, 2003-жыл 1-2-сан, 17-статья) хәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң                          2020-жыл 6-январь  күнги 02-08/13-01/3-санлы мәжилис баянламасына муўапық транспорт қуралларының 2021-жылда мәжбүрий техникалық  көриктен өткериў мақсетинде

                                        ҚАРАР  ЕТЕДИ:

1.  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл
6-январь күнги 02-08/13-01/3-санлы мәжилис баянламасы орынлаў
ушын басшылыққа алынсын.

 2. Районда транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў төмендеги ўақытларға муўапық белгиленсин:

а) пуллы тийкарында жолаўшылар тасыў ушын пайдаланатуғын жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм отырылатуғын орынлар саны 8 ҳәм оннан артық болған (айдаўшының орнынан тысқары), адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобильлери, ири габаритли, аўыр салмақлы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм оларға тиркемелер-бир жылда еки мәрте;

б) ислеп шығарылғанлығына бес жылдан көп болмаған (ислеп шығарылған жылы ҳәм усыған киреди) транспорт қураллары (усы бәнттиң  “а” киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – еки жылда бир мәрте;

в) ислеп шығарылған жылын есапқа алған ҳалда ислеп шығарылғанлығына бес жылдан артық болған транспорт қураллары, сондай-ақ ислеп шығарылған ўақты анықланбаған транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан  тысқары) – бир жылда бир мәрте;

г) тиркемелер көрикке транспорт қуралы – жүк машынлары ушын белгиленген мүддетлерде;

д) нәўбеттеги техникалық көриктен өткериўдиң алдын орнатылған мүддетлерине қарамастан, оларды МЖҲҚХ уйымларында дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында;

е) олар ислеп шығарылған жылына қарамастан, МЖҲҚХ уйымларында дизимнен өткерилген (қайта дизимнен өткерилген) күннен баслап бир жыл өтип (усы бәнттиң «а» кишик бәнтинде көрсетилген ҳалатлар буннан тысқары).

3. Усы қарардың 2-бәнти “а” киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларының техникалық көриги:

биринши мәрте – усы жылдың 1-мартынан 30-июнға шекем;

екинши мәрте – усы жылдың 1-сентябринен 31-октябрьге шекем өткерилсин.

Юридикалық шахсларға қараслы болған транспорт қуралларының техникалык көриги усы жылдың 1-мартынан 30-июньға шекем өткерилсин.

Физикалық шахсларға қараслы болған транспорт қуралларының техникалық көриги усы жылдың 10-февральдан 31-августқа шекем өткерилсин.

4. Районда техникалық көрикти өткериў ушын дүзилген комиссия қурамы 1-қосымшаға муўапық, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған транспорт қуралларының 2021-жылғы мәжбүрий техникалық көригин өткериў кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл
31-январьдағы “Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Нызамын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 54-санлы қарары 3-бәнти талапларынан келип шығып, районлық қорғаныў бөлими, ишки ислер бөлими ҳәм миллий қәўипсизлик хызмети транспорт қураллары мәжбүрий техникалық көриклери өз жоқары шөлкемлериниң қарары ҳәм             ис-режеси тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылсын.

6. Район ҳәкиминиң 2020-жыл 24-февральдағы “Қараөзек районы аймағындағы автомототранспорт қуралларын гезектеги мәжбүрий мәмлекетлик техникалық көриктен өткериў ҳаққында”ғы  49/2-санлы қарары  2020-жылдың 31-декабрьден өз күшин жойтқан деп есаплансын.

7. Усы қарар “Мийнет байрағы” газетасында жәриялансын
ҳәм район  ҳәкимлигининг рәсмий веб-сайтына жайластырылсын.

8. Усы қарар рәсмий жәрия қылынған күннен баслап күшке киреди.

9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Азербаевқа  жүклетилсин.

Қараөзек районы ҳәкиминиң            2021-жыл _____ февральдағы _____-санлы қарарына
1-ҚОСЫМША

Транспорт қуралларын жыллық техникалық көриктен өткериў бойынша районлық комиссиясының

                                                                  Қ У Р А М Ы                                      

П.Султанов РИИБ ЖХКТ аға инспекторы комиссия баслығы
    Б.Ерниязов         А.Өсербаев                                         –               Район ҳәкимлигиниң санаатты раўажаландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша бас қәнигеси     Районлық жол хожалығы,кесип алып ислеў,оңлаў,пайдаланыў кәрханасы баслығы    

Еслетпе: Мәмлекетлик техниканы қадағалаў инспекциясы баслығына тастыйықланған шахс комиссия ағзасы есапланады

Қараөзек районы ҳәкиминиң          2021-жыл _____ февральдағы _____-санлы қарарына
2-ҚОСЫМША

Райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң транспорт қуралларын мәмлекетлик мәжбүрий техникалық көриктен өткериў кестеси

Мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем атамалары Автомото транспортларды техникалық көриктен өткериў  ўақты Өткерилетуғын орны
Барлық                  транспортлар Көрикти өткериў ўақты
1 Қараөзек  районы ҳәкимияты 02.03.2021 ж. 9:00-16:00 Рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында
2 Өзбекстан Республикасы Жаслар агентлиги районлық бөлими 03.03.2021 ж. 9:00-16:00
3 Районлық Халық билимлендириў бөлими 04.03.2021 ж. 9:00-16:00
4 Қараөзек  районы ирригация бөлими 05.03.2021 ж. 9:00-16:00
5 Районлық мәмлекетлик салық инспекцияси 06.03.2021 ж. 9:00-16:00
6 Қараөзек районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими 09.03.2021 ж. 9:00-16:00
7 Қараөзек районы Финанс бөлими 10.03.2021 ж. 9:00-16:00
8 Xалк банк Қараөзек филиалы 11.03.2021 ж. 9:00-16:00
9 Қараөзек районы архитектура ҳәм қурылыс бөлими 12.03.2021 ж. 9:00-16:00
10 Агро банк  Қараөзек филиалы 12.03.2022 ж. 9:00-16:00
11 Қараөзек мәмлекетлик тоғай хожалығы 12.03.2022 ж. 9:00-16:00
12 Районлық Абаданластырыў басқармасы 13.03.2021 ж. 9:00-16:00
  13 «Ватанпарвар» шөлкеми   Қараөзек районы оқыў спорт техника клубы           16.03.2021 ж.           9:00-16:00  
14 Қараөзек районы Медицина бирлеспеси 17.03.2021 ж. 9:00-16:00
15 Қараөзек телекоммуникация тармағы 18.03.2021 ж. 9:00-16:00
16 Районлық санитария-эпидемиология бақлаў орайы 19.03.2021 ж. 9:00-16:00
17 Районлық электр тәмийнаты кәрханасы 20.03.2021 ж. 9:00-16:00
18 «Қараөзек район газ тәмийнаты» филиалы 23.03.2021 ж. 9:00-16:00
19 Районлық Ветеринария бөлими 24.03.2021 ж. 9:00-16:00
20 Районлық аўыл хожалығы бөлими 25.03.2021 ж. 9:00-16:00
21 «Қуўанышжарма» ИТБ 26.03.2021 ж. 9:00-16:00
22 Районлық абаданластырыў басқармасы, Тоза ҳудуд ДУК 27.03.2021 ж. 9:00-16:00
23 Қараөзек районы  «Қараөзек МТП» ЖШЖ 30.03.2021 ж. 9:00-16:00
24 «Қараөзек керпич заводы» ЖШЖ 02.04.2021 ж. 9:00-16:00
25 Районлық жоллардан пайдаланыў унитар кəрханасы 03.04.2021 ж. 9:00-16:00
26 «Рейим қурылыс» ЖШЖ 06.04.2021 ж. 9:00-16:00
27 Райондағы фермер хожалықлары, жеке кәрханалар 10.04.2020 ж.- 30.06.2020 ж. 9:00-16:00

ЕСЛЕТПЕ: 2021-жыл 1-январь сәнесинен 2021-жыл 31-август сәнеси аралығында пуқаралар өзине тийисли болған М1 – категориясындағы автотранспорт қуралларын өз қәлеўи тийкарында рухсатнамаға ийе болған арнаўлы техникалық көриктен өткериў орынларында өткереди.