Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-сентябрдеги “Өз әҳмийетин жоғалтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў ис-илажлары хаққында”ғы ПП–6075-санлы Пәрманы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 5, 25-статьясына тийкар
ҚАРАР ЕТЕДИ:
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП-6075-санлы Пәрманында 2021-жыл 1-июньға шекем жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымларының ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди бийкар етиў илажларын көриў белгиленгенлиги инабатқа алынсын.
2. Қараөзек районы ҳәкимлиги тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив түсдеги қарарлары қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
3. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Б.Утепшиев)не усы қарардың рәсмий жәрияланыўын ҳәм ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырылыўын тәмийнлесин.
4. Усы қарар рәсмий жәрияланған куннен баслап күшке киреди.
5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәким биринши орынбасары Қ.Азербаевға жүклетилсин.
Қараөзек районы ҳәкиминиң
усы қарарына ҚОСЫМША
Қараөзек районы ҳәкиминиң өз күшин жоғалтқан деп табылып атырған айырым қарарлары
ДИЗИМИ
- Қараөзек районы ҳәкиминиң “Районда географик объектлердиң атамалары тараўындағы ислерди тәртипке салыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 2012-жыл 28-декабрьдеги 496/2-санлы қарары;
- Қараөзек районы ҳәкиминиң «Район аймағында әскерий жағдайларда пайдаланыў нәзерде тутылган техникаларды техник көриктен өткериў графигин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2013-жыл 1-июньдағы 235/6-санлы қарары.
- Қараөзек районы ҳәкиминиң «2014-жыл ушын мал-мүлк, жер хәм жер асты ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық төлеўши шахсларды есапқа алыў, оларға салықлар есаплаў ҳәм жеңилликлер қоллаў ҳаққында»ғы 2013-жыл 26- декабрьдеги 514/12-санлы қарары.
- Қараөзек районы ҳәкиминиң «Қараөзек районында күнделикли турмыслық шыгындыларды жыйнаў ҳәм белгиленген орынларға шығарып таслаў ушын тариф муғдарын белгилеў ҳаққында»ғы 2014-жыл 3- июльдағы 299/7-санлы қарары.
- Қараөзек районы ҳәкиминиң «Район ҳәкими қарарына өзгерис киритиў (2014-жыл 3-июльдағы 291/7-санлы қәбиристан бойынша) ҳаққында»ғы 18.05.2015-жылдагы 146\5-санлы қарары.
- Қараөзек районы ҳәкиминиң «Райондағы жерлеў орынларын сақлаў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2016-жыл 4-марттағы 370/3-санлы қарары.
- Қараөзек районы ҳәкиминиң «Қараөзек районындағы аўыл хожалық ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ, машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбап-үскенелерин техник көриктен өткериў ҳаққында»ғы 2019-жыл 2-февральдағы 303\2-санлы қарары.