“Жаӊа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады”

 

Қараөзек районы ХББ не қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды. Усындай байрам кешеси райондағы 26-санлы мектепте өткерилип, илажға район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм бир қатар билимлендириў тараўы хызметкерлери қатнасты. Онда район ҳәкими ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мектеп жәмәәти менен оқыўшыларды жаңа оқыў жылы менен қутлықлады ҳәм биринши классқа қабылланып атырған кишкенелеримизге, Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырды. Буннан соң мектепте биринши сабақлар “Ғәрезсизлик сабағы” менен басланып кетти.