БАЙРАМ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН ИЛАЖ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 28 жыл толыўы ҳәмде Уллы сәркарда Амир Тимур бабамыздың туўылғанлығына 685 жыл толыў мүнәсибети менен ҚМУ жанындағы Қараөзек районы агроэкономика техникумында оқыўшы жаслар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға ӨзР Миллий гвардиясы ҚР Қорғаў басқармасы 5-атқарыў отряды, районлық Мәлимлеме китапхана орайы ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими ўәкиллери қатнасты. Иләж даўамында шығып сөйлеўшилер тәрепинен  конституциямыздың мазмун-мәниси,  Амир Тимур бабамыздың екинши ояныў дәўирине тийкар болған руўхый-ағартыўшылық иләжлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.