Райондағы «Есим-өзек» каналына қурылыс оңлаў жумыслары исленбекте.

Райондағы «Бердақ», «Есимөзек», «Қараөзек» АПЖ аймақларындағы егислик майданлар менен аймақ турғынларының үй алды қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлеўши «Есимөзек» каналы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4936-санлы қарары тийкарында каналға, 2020-2023-жылларда қурылыс оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Соннан 2020-2023 жылларда «Есим-өзек» каналының ПК 20+00 ден ПК 45+00 шекем жәми 2,5 км ге қурылыс оңлаў жумысларын ислеў (1 млярд сум)  белгиленген болып, соннан 2021-жылда 1,4 км ислениўи режелестирилген. Бүгинги күнге келип, 1,0 км аралық қазылып, бетон қуйыў жумыслары исленип атыр. Қурылыс жумысларын Нөкис қаласындағы “Бунёдкор мерос” ЖШЖ ти алып бармақта.